ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Шежире» интеллектуал клубы

Студентлер – жәмийеттеги өз орнына ийе қатлам болып табылады. Елимиз жаслары арасында зийрек, билимли, өзине тән қәбилетке ийе жаслар бир қанша көплеп ушырасады. Айырымлары спортқа ықласлы болса, айырымларының қолында гүлдей өнери бар.

Солар қатарында өз ақылый зийреклиги менен теңлеслери арасында мақтаўға ылайықлы жаслар да көп. Институтымиз, соның ишинде, бизиң тарийх-география факультетимизде ҳәр жылы бир неше мәрте шөлкемлестирилетуғын интеллектуал ойынлардың бири «Шежире» интеллектуал клубы 2-мәўсим ойынлары соңғы 6 ай даўамында факультетимиз топарлары арасында өткерилди.

Турнир жәми 8 турдан ибарат болып, соңғы финал басқышы 2019-жыл 19-март сәнесинде өткерилди.

Финал басқышын факультетимиз деканы Маман Сарыбаев ашып берди ҳәм бақлап барды. Финал басқынына институтымыздың басқа факультетлеринен командалар мирәт етилди. «Зордан зор шығар» дегениндей жәми турнир ойынлары даўамында топланған баллар бойынша 3-орынды 3-А ТОМ «ГОЛФСТРИМ» командасы, 2-орынды 4-А ТОМ «АЛФА» командасы ҳәм 1-орынды 3-А ГОМ «МЕРИДИАН» командасы қолға киргизди.

Турнир соңында жеңимпазларға медаль, диплом ҳәм естелик саўғалары деканымыз тәрепинен тапсырылды. Солай етип, бул сапары кубокты ГЕОГРАФлар алыўға еристи.

Усындай ойынлар еледе көбирек болып турса жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткерген болар едик. «Шежире» интеллектуал ойынларын шөлкемлестирип киятырған тарийх оқытыў методикасы 3-курс студенти Турсынбаев Мухамедалиге өз миннетдаршылығымызды билдирип қаламыз. Ҳәр бир устаз билим бериўден, ҳәр бир оқыўшы билим алыўдан шаршамасын.

 

 

Қалбаев Турғанбай,

3-А География оқытыў методикасы бағдары студенти.