ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Психолог шет тиллери факультети студентлери менен ушырасыў өткерди

Институт психологы Г.Төрениязова 29-март күни шет тиллери факультетинде оқып атырған студентлер менен ушырасыў өткерди.

Бәҳәр мәўсиминде бақланатуғын депрессиялық жағдайлар, олардың жасларға тәсири, сондай-ақ, ата-бабаларымыздан киятырған Наўрыз улыўма халықлық байрамында кеширимли болыў, бир-биринен кеширим сораў сыяқлы пазыйлетлердиң психологиялық әҳмийети ҳаққында кең түрде тоқталып өтти.

Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.