«Илим ҳәм жәмийет»: Машқалалар ҳәм ўазыйпалар, ямаса халық аралық басылымлар стандартлары дәрежесине қарай бир адым

1992-жылдың март айында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жоқары оқыў орынлары тарийхында жекке-сийрек ушырасатуғын, бирақ ҳәўес етсе арзырлық үлкен тарийхый жаңалык жүз берди: институт шөлкемлестириўшилигинде төрт айда бир мәртебе шығарылатуғын Республикалық «Қарақалпақстан муғаллими» атлы сиясий-жәмийетлик, илимий, илимий-методикалық ҳәм әдебий-көркем журналдың №1-саны 17000 тиражда офсет баспа усылында Нөкис полиграфкомбинаты тәрепинен басып шығарылды.

Бул журнал 1991-жылдың декабринде «Әмиўдәрья» журналының бурынғы бас редакторы, сол ўақытлардағы филология илимлериниң кандидаты, доцент, институттың қарақалпақ әдебияты кафедрасының баслығы Кеңесбай Алламбергенов басшылығындағы, қурамында педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Арзы Пазылов пенен философия илимлериниң кандидаты, доцент Салый Садыковлар болған Шөлкемлестириў комитети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз бойынша мәмлекетлик комитетине дизимге алыў ушын усыныс етилген еди.

Журнал, мине, усы жыллардан 1997-жыллар аралығына шекем дерлик бес жыл даўамында 17000-15000 тиражда үзликсиз ҳәм сапалы шығарылып турылды. 1998-жылдың 14-июлинде болса журнал усы «Қарақалпақстан муғаллими» атамасында № 000535 санлы гуўалық пенен қайта дизимге алынып, 2004-жылға шекем 10000-5000 тираж шығарылып, ўақтында өз оқыўшыларына үзликсиз жетип барып турды. Бул жылларда академик Ж.Б.Базарбаев журналдың Бас редакторы, профессор К.Алламбергенов басылым ушын жуўаплы редактор лаўазымынларын атқарды.

Журнал 2004-жылдан баслап ҳәзирги «Илим ҳәм жәмийет» атамасына өзгертилди ҳәм оған 01-022 санлы жаңа гуўалық берилди. Ал, 2007-жылдың 14-февралынан баслап болса журнал 01-043 гүўалық пенен Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлиги тәрепинен қайта дизимге алынды.

Мине, сол жылдан баслап журнал усы атамада жылына төрт мәртебе ҳәр саны 10-12 баспа табақ көлеминде үзликсиз шығарылып киятыр.

Әлбетте, журналдың атамасының өзи-ақ оның жоқары оқыў орынларының педагог хызметкерлери, профессор-оқытыўшылары менен таяныш докторантларына, өз бетинше ҳәм еркин излениўшилерине, магистрантлары менен студент жасларына ҳәм ўлыўма билим беретуғын орта мектеп ҳәм арнаўлы кәсип-өнер билим журтларының оқытыўшыларына арналғанлығын анық сезиниўге болады. Сол ушын да журналымызда билимлендириў ҳәм тәрбияның, оқытыўдың, сондай-ақ, илимниң жаңалықлары, жаңа заманагөй усыллары, жетискенликлери ҳаққында көплеп материаллар жәрияланатуғыны тәбийғый. Егерде, кимде ким илим менен шуғылланаман десе, өзлериниң ой-пикирлерин илимсүйер қәўим ағзалары менен ортақласаман десе, бул мәселелерде бизиң журналымыздың әмелий қоллап-қуўатлаў мүмкинши-ликлери оғада үлкен. Журналымызда тек ғана педагогика, психология, филология илимлери бойынша илимий-методикалық материаллар жәрияланып қоймастан, көпшилик илим тараўлары бойынша да илимий-теориялық қунлы мақалалар жәрияланып барылады. Сол ушын да, бул журнал    Өзбекстан    Республикасы    Жоқары Аттестациясы Комиссиясы коллегиясының 2013-жыл 30-декабрьдеги 201/3 санлы қарары менен филология, педагогика, психология илимлери бойынша илим докторы дәрежесин алыў ушын мақалалар жәрияланыўы тийис илимий басылымлар қатарына киргизилди. Ал, быйылғы 2019-жылдан баслап, журналымыз жоқарыдағы аты аталған үш илим тараўына қосымша төменде көрсетилген бес илим тараўлары бойынша да «илим докторы дәрежесин алыў ушын мақалалар жәрияланыўы тийис» илимий журнал басылым статусына, муҳам-ҳуқықына ийе болды:

– 01.00.00 – физика-математика илимлери;

– 03.00.00 – биология илимлери;

– 05.00.00 – техника илимлери;

– 07.00.00 – тарийх илимлери;

– 10.00.00 – география илимлери.

Бул, демек журналымыз жылдан-жылға илимий, илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў мәселесинде Өзбекстан, Қарақалпақстан көлеминде өз орнына ҳәм абырайына ийе болып, дүньялық көлемдеги үлкен илимий басылымға айланыў ушын қанат қомлап бармақта деген сөз. Оның үстине, дүньядағы барлық жоқары оқыў орынларында илимий журналлар шығарыў дәстүри де заманға сай ҳәр жыл сайын кескин өзгерислерге ушырап, түпкиликли жаңаланып барылмақта.

Әлбетте, халық аралық бәсекиге түсетуғын үлкен абырайлы журнал болыў ушын басқалар да сениң жемисиңе қызығыўы, оннан үлги алыўы, оған мүрәжәәт етиўи, силтеме ислеўи керек. Бул ушын журналдың ишки, сыртқы дизайни техникалық-көркемлик жақтан сапалы безекленген, халық аралық тиллерде түсиникли шығарылған, яки болмаса, усы тиллерде биймәлел силтемелер алыныўына имканиятлар жаратылған, жәрияланған материаллардың илимий-теориялық сапасы, мазмуны терең болыўы тийис. Сонда ғана, бундай басылым халық аралық мағлыўматлар базасына киргизилип, импакт-факторлы журналлар қатарынан орын алыўы, яғный халық аралық стандартлар дәрежесине жуўап бере алыўы мүмкин.

Мине, усы мақсетте журнал редакциясы жәмәәти соңғы ўақытларда «SCOPUS», «WEB OF SCIENCE», «SCIENCE DIRECT» сыяқлы халық аралық мағлыўматлар базасына журналды басқышпа басқыш өткерип барыўы ушын мәлим дәрежеде жумыслар алып барып атыр. «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы Нызам ҳәм «SCOPUS» талаплары тийкарында журналдың ҳуқыйқый норматив-финанс ҳүжжетлери қайта көрип шығылды, усы «Ҳүжжетлер» тийкарында журналдың материаллық-техникалық базасын жақсылаў, финанс еркинлигин тәмийинлеў, солай етип, журналдың халық аралық абырайын асырыў мәселелери бойынша да анық бир ис иләжлары белгиленген. Редакцияның 2019-жылға тийисли «Жол карта»сында булардан да басқа журналдың ишки мазмунының сапасын көтериў, обложка ҳәм рубрикаларды заман талапларына сай қайта көриктен өткериў, техникалық-көркемлик жақтан сапалы дизайн ислеў, оның ҳәр бир санын, ҳәр бир жаңалығын өз ўақтында мағлыўматлар базасына киргизип барыў жумысларының да белгиленип алынғанлығын атап өтсек болады.

Ҳәзирги күнде усындай жумыслардың дәслепки басқышы сыпатында журналдың редколлегия ағзалары ҳаққындағы мағлыўматларды халық аралық мағлыўматлар базасына киргизиў ислери қолға алынған. Бул орында журнал редколлегия ағзаларының 50% ке шамаласы сырт еллик белгили алымлар тәрепинен жаңаланып атырғанлығын атап өтиўимиз керек.

Бундай жаңаланыўлар жобасы журнал папкасына келип түсетуғын илимий мақалаларды эксперттен өткериў мәселесинде де нәзерде тутылған. Бундағы бас мақсет – журналға жәрияланыўы тийис материаллардың илимий-техникалық сапасын халық аралық басылымлар стандартлары талапларына сай келтириў болып табылады, яғный «Илим ҳәм жәмийет» журналында жәрияланатуғын мақалалар да буннан былай импакт-факторлы журналларға тән халық аралық стандартлар тәртиби талаплары тийкарында қабыл етиледи. Бул ушын журнал папкасына келип түскен мақалалар усы халық аралық басылымлардың хат-хабар, мақала қабыллаў Нызамы талапларына сай Редакция кеңеси тәрепинен жасырын түрде сайланған, ямаса белгиленген үш экспертке оқыўға жибериледи. Егер, усы үш эксперттиң екеўи мақуллаўшы пикир билдирген жағдайда ғана, мақала журналда жәрияланыў ушын жарамлы болып табылады. Экспертлер тәрепинен билдирген айырым кемшиликлер автор тәрепинен дүзетилгеннен кейин ғана бул «жарамлылық» өз күшине ийе болады. Экспертлер топарының көпшилиги тәрепинен мақулланбаған материаллар авторға қайтарып бериледи. Ўлыўма, «Редакцияның хат-хабар, мақалалар қабыл етиў нызамы-талапларына» сәйкес келмейтуғын мақалалар жәриялаўға қабыл етилмейди.

Редакция жәмәәти усы бағдарда халық аралық басылымлар дәрежесинде мағлыўматлар базасына кириў, солай етип, импакт-факторлы журналлар қатарында болыў бойынша әлле қашан-ақ мәлим жумысларды баслап жиберди. Журналды «Халық аралық импакт-факторлары журнал» муҳамында мәўсиминде бир, жылына төрт мәртебе шығатуғын басылым сыпатында 2019-жыл сентябрь санынан баслап дизимнен өтиўге таярлықлар көриў ушын үлги санлар шығара баслаў бойынша Шөлкемлестириўшимиз Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректораты ҳәм редколлегия ағзалары менен кеңескен ҳалда шешим де қабыл еткенбиз.

Әлбетте, булардың бәри бизиң журналымызды халық аралық басылымлар стандартлары дәрежесине көтериў, яғный имфакт-факторлы халық аралық илимий журналға айландырыў бойынша келешекте исленетуғын үлкен жумысларға қарай қойылған дәслепки қәдемлеримиз ғана болып табылады.

Бирақ, «Жалғыз аттың жаңы шықпас» дегендей бул уллы ис бир ғана редакция жәмәәти умтылыслары менен питпейди. «Быламықты май келтиреди» деген халық даналығына сүйенетуғын болсақ, буның бәри редакцияға келип түскен мақалалардың илимий-теориялық, техникалық сапасынан, оны жазған авторлардың илимий саўат ҳәм ҳуждан, жуўапкершилик дәрежесиниң жоқарылығынан ғәрезли. Сол ушын да, ҳүрметли авторлар, Сизлерди де журналымызды импакт-факторлы халық аралық басылым дәрежесине көтериўдей уллы иске үлес қосыўға шақырып, өзлериңизден халық аралық басылымлардың Нызам талапларына сай келетуғын сапалы мақалалар күтип қаламыз. Биз бул бирликтеги ис-ҳәрекетимиз бенен журналымызды халық аралық басылымлар дәрежесине жеткериў жолларына қарай және бир нық қәдем таслаған боламыз. Әлбетте, бирликли исте берекет болатуғынына исенимимиз мол.

 

Кенесбай Алламбергенов,

«Илим ҳәм жәмийет» журналының Бас редакторы, филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы.