ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Тарийх-география факультетинде Наўрыз байрамы мүнәсибети менен футбол жарысы шөлкемлестирилди

Усы жылдың 7-апрель күни институтымыздың тарийх-география факультетинде Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен факультетте оқып атырған студент-жаслар арасында мини футболдан факультет бириншилиги өткерилди.

Жарысқа факультеттиң барлық тәлим бағдарларынан 24 команда қатнасты.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағына бола, 3-орынды тарийхты оқытыў методикасы тәлим бағдары 1-в курс студентлеринен дүзилген команда, 2-орынды географияны оқытыў методикасы тәлим бағдарының 3-а курс студентлериниң командасы, 1-орынды географияны оқытыў методикасы тәлим бағдары 4-а курс студентлериниң командасы ийеледи.

Жарыстың сыйлықлаў салтанатына факультет деканы М.Сарыбаев қатнасып, студентлердиң алдағы оқыўларына табыслар тиледи ҳәм факультет жәмәәти тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғаларын тапсырды.