Институтымыз студенти Халықаралық бақсышылық өнери фестивалында 3-орынды ийеледи

Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында болып өтип атырған Халықаралық бақсышылық өнери фестивалында қатнасқан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының педагогика факультети музыкалық тәлим бағдары студенти Муҳаммед Төребеков ашық даўыста дәстан айтыў жөнелиси бойынша 3-орынды қолға киргизди ҳәм 3 миллион сумлық ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

Мағлыўмат ушын, усы фестивальға Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студентлеринен Зинатдин Нуратдинов ҳәм Динара Нуратдиновалар да белсене қатнасты.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.