Қарақалпақстан терминология орайы веб-сайты иске түсти. Сайтта аўыл хожалығы техникалары бойынша русша-қарақалпақша сөзлик додалаўға қойылды
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Республикалық терминология орайының рәсмий веб-сайты иске түсти. Веб-сайт «Сөзликлер», «Илимий терминлер», «Жаңа терминлер», «Мақалалар» сыяқлы бирнеше бөлимлерден ибарат.
– Веб-сайттағы «Сөзликлер» бөлимине профессор Досжан Насыровтың редакторлаўында 1990-жылы баспадан шыққан «Қарақалпақ тилиниң орфографиялық сөзлиги», 2017-жылы «Билим» баспасынан шыққан «Қарақалпақ тилиниң имла сөзлиги», 2016-жылы шыққан «Қарақалпақ тили имла қағыйдаларының жыйнағы», сондай-ақ Қ.Пахратдинов ҳәм Қ.Бегниязовлардың авторлығында 2018-жылы «Қарақалпақстан» баспасында жарық көрген «Қарақалпақ тилиниң фразеологизмлер сөзлиги»ниң электрон нусқалары ҳәмде «Илимий терминлер» бөлиминде 11800 сөзден ибарат болған аўыл хожалығы техникалары бойынша русша-қарақалпақша сөзлик жайластырылды, – дейди орай баслығы Ш.Абдиназимов. – Аўыл хожалығы техникалары бойынша русша-қарақалпақша сөзликте берилген терминлер көпшиликтиң додалаўына қойылмақта. Себеби, олардың арасында қолланыўдан шыққан атамалар да болыўы мүмкин, илим ҳәм техниканың раўажланыўы менен тазадан терминлер пайда болыўы да тәбийғый. Көпшиликтиң пикир-усынысларынан келип шығып, орайымыз тәрепинен тилимизде қолланылатуғын терминлер рәсмий түрде тастыйықланады.
Илимпаздың билдириўинше, терминлерди рәсмий түрде тастыйықлаў әмелияты көп ўақыттан берли үзилиске түсип қалған. Буннан былай Терминология орайы тилимизде қолланылатуғын терминлерди «шегелеп» береди.
Веб-сайтта жайластырылған сөзликлер оқыўшылар ушын қолайлық туўдырмақта, яғный қандай да бир сөздиң жазылыўына қыйналып атырсақ яки бир атаманың мәнисин түсине алмай атырсақ, усы веб-сайтта жайластырылған сөзликлерден биймәлел пайдаланыўымыз мүмкин.
Өз гезегинде бул имканият дурыс жазыў көнликпесин арттырыўға да көп жәрдемин тийгизери сөзсиз.
У.Кеўлимжаева.