Дене мәденияты факультетинде Конституция байрамына арналған ушырасыў болып өтти

«9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етиген күн» байрамы мүнәсибети менен институтымыздың барлық факультетлеринде ушырасыўлар ҳәм ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестирилмекте.

Институтымыздың дене мәденияты факультетинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген сәнеге 26 жыл толыўы мүнәсибети менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы оқытыўшысы Б.Арзиева ҳәм факультет студентлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының тарийхый әҳмийети, ондағы нормалар бойынша кең түсиниклер берилди.