Дене мәденияты факультетинде психолог пенен ушырасыў болып өтти
Институт психологы Г.Төрениязова 10-апрель күни дене мәденияты факультетинде оқып атырған студентлер менен ушырасыў өткерди.
Бәҳәр мәўсиминде бақланатуғын депрессиялық жағдайлар, олардың жасларға тәсири, сондай-ақ, ата-бабаларымыздан киятырған Наўрыз улыўма халықлық байрамында кеширимли болыў, бир-биринен кеширим сораў сыяқлы пазыйлетлердиң психологиялық әҳмийети ҳаққында кең түрде тоқталып өтти.
Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.