Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институтында өткерилген STEM-Access бағдармаласына институтымыз оқытыўшылары қатнасты
Усы жылдың 10-апрель күни Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институтында Өзбекстан Республикасындағы STEM-Access бағдарламасының оқытыўшылары, координаторлары ҳәм есапшылары ушын семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Семинарда бағдарлама орынланыўы барысындағы жетискенликлер ҳәм шешимин күтип турған машқалалар биргеликте додаланды.
Семинарға институтымыздың профессор-оқытыўшылары – бағдарлама координаторлары да қатнасты.
Мағлыўмат ушын, бул бағдарлама ҳәзирги ўақытта Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институты, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Бухара мәмлекетлик университети, Үргениш мәмлекетлик университети, Әндижан мәмлекетлик университети ҳәм Наманган академиялық лицейлеринде жумыс алып бармақта.