Қарақалпақстанлы Гүлнара Алламбергенова Халықаралық бақсышылық фестивалында диплом менен сыйлықланды ҳәм 2 500 доллар жеңимпазы болды
Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 1-ноябрьдеги «Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Термиз қаласында шөлкемлестирилген конференцияда дүньяның 74 мәмлекетинен 160 тан аслам қатнасыўшы ҳәм ЮНЕСКО, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша структурасы – ISESCO сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан, Аўғанстан сыяқлы мәмлекетлерден ҳүрметли мийманлар қатнасты.
Фестиваль шеңберинде өткерилген бақсы-шайырлар, ақын ҳәм жыраўлар, фольклор топарларының халықаралық таңлаўында Түркия, Россия, Иран, Бельгия, Қубла Корея, Қытай, Монголия, Израиль, Япония, Финляндия, Аўғанстан сыяқлы 20 мәмлекет ўәкиллери өз шеберлигин көрсетти. Олардың атқарыўшылық шеберлигин Франция, Қубла Корея, Россия, Түркия, Монголия, Өзбекстан, Қазақстанның белгили көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери, илимпазлар, маман қәнигелеринен ибарат абырайлы төреши ағзалары бақлап ҳәм мүнәсип баҳалап барды.
10-апрель күни Термиз қаласының Көркем өнер сарайы жанындағы заманагөй жазғы сахнада халықаралық таңлаў женимпазлары сыйлықланды.
Фестивалдың үшинши дәрежели дипломы, статуэткасы ҳәм ҳәр бирине 2 мың 500 АҚШ долларынан ақшалай сыйлығы қарақалпақстанлы Гүлнара Алламбергенова ҳәм қубла кореялы Ким Хуо Сунга тапсырылды.
Ислам Матеков.