ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессор-оқытыўшылары «Алпамыс» ҳәм «Баршынай» арнаўлы тестлерин тапсырды

Халық арасында саламат турмыс тәризин кең түрде үгит-нәсиятлаўды системалы түрде жолға қойыў, жәмийетте саламат турмыс тәризи принциплерин еледе күшейтиў, өсип киятырған жас әўладты зыянлы әдетлерден сақлаў ҳәм ҳәр бир мәҳәлле, билимлендириў мәкемелери, мийнет жәмәәтлери ҳәм басқаларда физикалық тәрбия ҳәм спорт жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 29-январьдағы «Өзбекстанда саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм халықты физикалық тәрбия және ғалабалық спортқа тартыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарар тийкарында халықтың жасына қарай, улыўмалық физикалық таярлығын белгилейтуғын спорт нормаларын өз ишине алған «Алпамыс» ҳәм «Баршынай» тестлериниң халықтың кең қатламлары арасында жарыс формасында турақлы түрде өткерилиўин шөлкемлестириў белгилеп берилди.

Усы тийкарда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессор-оқытыўшылары қатнасыўында «Алпамыс» ҳәм «Баршынай» тестлери шөлкемлестирилди.

Нөкис қаласындағы орайлық «Туран» стадионында усы жылдың 7-апрель күни институттың еркек оқытыўшылары «Алпамыс» арнаўлы тестлери, 14-апрель күни болса ҳаял-қыз оқытыўшылары «Баршынай» арнаўлы тестлерин тапсырды.

Арнаўлы тест процеслерин институттың дене мәденияты факультети факультетлер аралық дене тәрбиясы кафедрасы профессор-оқытыўшылары қадағалап барды.

Тест жуўмақлары бойынша жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелериниң III, II, ҳәм I дәрежели көкирек белгилери менен хошаметлениўи шөлкемлестириледи.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.