Пиядалар ушын норма: Нөкисте пиядалар жолынан өткенде телефоннан пайдаланыў қадаған етилди (фото)
Шаппаттың даўысы еки қолдан шығады. Солай екен, жолларда жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы тек ғана транспорт басқарыўшыларға емес, соның менен бирге, пиядаларға да тиккелей байланыслы.
Нөкистеги айрым кесилиспели жоллардағы пиядалар өтиў орынларынан өткенде телефоннан пайдаланыў ҳәм наушниктен пайдаланыў қадаған етилди.
Бул ҳаққындағы жол белгилери пиядалар ушын арналған светофорларға орнатылған.
Көпшилик тәрепинен бул баслама унамлы түрде күтип алынбақта.
Ислам Матеков.
Автордың түсирген сүўретлери.