Физика-мийнет факультети студентлери 38-санлы мектепте әмелият алып барды

Институтымыздың физика-мийнет факультети мийнет тәлими бағдарының 4-«б» топар студентлери Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде мәмлекетлик-педагогикалық әмелиятын алып барды.

Әмелият даўамында студентлер ашық сабақлар өтип, өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин беккемледи.

Атап айтқанда, усы топар студенти С.Бутанова мектептиң 5-«д» класында «Тигиў-пишиў ҳаққында мағлыўмат», «Фартук ҳәм белбеўли қалпақша сызылмасын сызыў» атамасында, студент С.Жумабаева 6-«б» класына «Кестешилик өнери ҳәм онда пайдаланылатуғын әсбап-үскенелер» атамасында, сондай-ақ, студент Г.Қурамбаева мектептиң 7-«д» класс оқыўшыларына «Чайник жаўғыш тикиў технологиясы» атамасында ашық сабақ өтти.

Сабақларды мектептен ҳәм факультеттен оқытыўшылар, әмелиятшы студентлер бақлап ҳәм баҳалап барды.

Студентлердиң талпыныслары, сабақ өтиў процеси, ондағы қолланылған методикалық усыллар бақлаўшылар тәрепинен жоқары баҳаланды.