Педагогика факультетинде «Шаңарақ мазмуны ҳәм әҳмийети» атамасында ашық сабақ шөлкемлестирилди
17-апрель күни педагогика факультети педагогика кафедрасы оқытыўшысы З.Наимова басшылығында шаңарақ педагогикасы пәнинен ашық сабақ шөлкемлестирилди.
Педагогика ҳәм психология тәлим бағдарының 2-«е» топар студентлери арасында өткерилген ашық сабақ «Шаңарақ мазмуны ҳәм әҳмийети» атамасында өткерилди.
Сабақта оқытыўшы тәрепинен жаңа педагогикалық технологиялар қолланылып, презентациялар, ойлаў картасы, кроссворд, сораўлар топламы ҳәм машқалалы жағдайларды шешиў бойынша студентлер топарларға бөлинип, өз-ара билимлерин сынап көрди.
Сабақ жуўмағында тема дөгерегинде пикир-таласларды пайда етиў ушын видеоролик қойып берилди ҳәм додаланды.