Ҳаял-қызлар арасында волейболдан «Ректор кубогы» жарысы өткерилмекте

Институтымыз ҳаял-қыз профессор-оқытыўшылары ҳәм студент қызлар арасында салама турмыс тәризин кең үгит-нәсиятлаў, олардың бос ўакытларын спорт ҳәм саламатластырыў илажларына бағдарлаў мақсетинде спорттың волейбол түринен «Ректор кубогы» жарысы өткерилмекте.

Жарыстың ашылыў салтанатында сөзге шыққан институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ҳаял-қызлар арасында спорт пенен шуғылланыў, оны кең ен жайдырыўдың әҳмийетине тоқталды ҳәм жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

Буннан соң институттың барлық факультетлеринде жасларға жалықпай илим ҳәм билим сырларын үйретип киятырған профессор-оқытыўшылар ҳәм студент қызлардан дүзилген командалар өз-ара ойын кестеси тийкарында жарысқа түсти.

Спорт жарыслары бир неше турдан ибарат тәризде өткериледи.

Жарыс жуўмақлары бойынша мағлыўмат беремиз.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.