Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергенов шығармалары бойынша таңлаў өткерилди
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультетинде Өзбекстан Қаҳарманлары – халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылғанына 90 жыл толыўы мүнәсибети менен таңлаў өткерилди.
Факультеттиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдары 3-курс студентлери арасында өткерилген таңлаўда студентлер жазыўшы Т.Қайыпбергеновтың өмир жолы ҳәм дөретиўшилиги, қарақалпақ әдебиятында тутқан орны бойынша баянат жасаў, жазыўшы шығармаларынан монологлар, сахналық көринис, сондай-ақ, жазыўшыға арнаў қосықлар жазыў сыяқлы шәртлер бойынша өз билим ҳәм көнликпелерин, қәбилетлерин сынап көрди.
Сондай-ақ, усы бағдардың 1-4-курс студентлери шайыр И.Юсупов шығармаларынан көркемлеп оқыў, шайырдың өмири ямаса дөретпелеринен сахналық көринис, оның дөретиўшилигиниң изертлениўи бойынша баянат, шайырдың нама қосықларын атқарыў, шайырға арнап қосық жазыў ҳәм әлипбе тәртибинде шайырдың қосықларын ядтан айтыў сыяқлы шәртлер бойынша жарысқа түсти.
Жарысты факультеттиң тәжирийбели профессор-оқытыўшылары әдил түрде баҳалап барды.
Жарыс жуўмағына бола, ең жақсы қатнасқан командалар факультет жәмәәти тәрепинен сыйлықланды.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.