«НӨКИС ПЕДИНСТИТУТЫ» ГАЗЕТАСЫНЫҢ ЖУЎАПЛЫ ХАТКЕРИ АДИҚАДИР ҚАИПОВ ЖАРЫС ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ МЕНЕН СЫЙЛЫ ОРЫН ИЙЕЛЕРИНЕ КИТАП САЎҒА ЕТТИ

Жаслар мәселесине бағышланған жыйналыстағы Ҳүрметли Президентимиздиң мәмлекетлик ҳәм жәмийтлик исшилердиң өзлери оқыған мектеплери менен оқыў орынларына китап саўға етиў бойынша берген тапсырмасы институт хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылмақта.

 Жақында «Меҳнат шуҳрати», «Дўстлик» ҳәм «Эл-юрт ҳурмати» орденлериниң кавалери, Нийетбай Байлепесовтың 60 жыллығына бағышланып өткерилген механикалық ескек есиў бойынша республикалық жарыстың сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Ескек есиў федерациясының шөлкемлестириўшиси сыпатында мирәт етилген, «Нөкис пединституты» газетасының жуўаплы хаткери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Абдиқадир Қаипов жарыс жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине өз авторлығындағы китапларды саўға етти.

– Алдын да саўғаға китаплар алып көргенбиз, лекин, автордың өз қолынан алған саўғаның заўқы өзгеше болар екен,-дейди жарыстың абсолют жеңимпазы, халық аралық дәрежедеги спорт устасы Исламбек Мамбетназаров биз бенен сәўбетинде.

Алдын хабар еткенимиздей А.Қаипов өзи оқыған мектебиниң мәлимлеме-ресурс орайына 50 дана, белсенди оқыўшалар менен  муғаллимлерге 20 дана өз авторлығындағы китапларды саўға еткен еди.

.

Ислам МАТЕКОВ,

НМПИ баспасөз хаткери.