Социаллық саламат орталықты қәлиплестириў ҳәм коррупцияның алдын алыў бойынша мәжилис өткерилди
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти арасында социаллық саламат орталықты қәлиплестириў ҳәм коррупцияның алдын алыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин еле де жетилистириў мақсетинде 19-апрель күни институтымыздың дене мәденияты факультетинде профессор-оқытыўшылар менен мәжилис болып өтти.
Мәжилисти институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.