Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы оқытыўшылары ҳәм студентлери фестивальдың ашылыўына қатнасты

Усы жылдың 22-апрель күни Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде сүўретлеў ҳәм әмелий қол өнери фестивалының ашылыў мәресими болып өтти.

Оған институтымыздың сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы оқытыўшылары ҳәм студентлери белсене қатнасты.