Баслаўыш билимлендириўди модернизациялаўда қандай машқалалар бар? Оларды сапластырыў илажлары қандай?
Ҳәзирги ўақытта баслаўыш билим бериў системасында қәнигели кадрлар жетиспеўшилиги, математика ҳәм ана тилин оқытыў методикасы бойынша айырым машқалалар бар екенлиги көзге тасланбақта. Елимизде мектепке шекемги билимлендириўге үлкен итибар қаратылып, бул басқыштағы машқалалар өзиниң унамлы шешимин таўып атырған ўақытта, келешек әўладлар ушын тийкар болып хызмет ететуғын баслаўыш билим бериўде де усындай үлкен қәдемлер тасланыўы күнниң баслы ўазыйпаларының биринен есапланады.
Бүгин, 25-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Баслаўыш билимлендириўди модернизациялаў процеслери: машқалалар ҳәм шешимлер» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.
Конференцияда Гүлистан мәмлекетлик педагогикалық университети профессоры Б.Раҳимов, НМПИ жанындағы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы педагогика, психология ҳәм билимлендириў технологиялары кафедрасы баслығы И.Алланиязов, филология илимлериниң кандидаты, профессор Қ.Қощанов, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студенти А.Ражаповалар баянатлар жасады.
Баянатларда атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимиз баслаўыш билимлендириў системасында дифференциаллық билим бериў ҳәм тәрбиялаў усыллары енгизилмекте. Бул усылдың айырмашылығы, онда ҳәр бир баланың индивидуаллық-психологиялық өзгешеликлеринен келип шыға отырып, оларға билим ҳәм тәрбия бериў, ҳәзирги билимлендириў системамыздағыдай балл системасы арқалы емес, қәбилетине қарай баҳалаў баслы принцип болады. Бул арқалы ҳәр бир бала еркин пикирлеў, жәмийетшиликке тез ийкемлесиў ҳәм олар арасында өзин еркин сезиў, бул арқалы өзиндеги қәбилетлерди раўажландырып барыў имканиятын жаратады. Яғный, ҳәзирги ўақытта педагогикамызға кирип келип атырған бирге ислесиў педагогикасы арқалы муғаллим менен оқыўшы арасында дослық қатнасықлары орнатылып, олар бир-бирин жақсы түсинисиўи аңсат болады. Соның менен бирге, мектепке шекемги билимлендириўде баланы сөйлеўге үйретсек, баслаўыш билимлендириўде сөйлеў мәдениятына үйретип барыў мақсетке муўапық болады.
Илажда түркмен тилиндеги мектеплер ушын кадрлар таярлаў мәселелери, сондай-ақ, түркмен тили бойынша әдебиятлардың, сабақлықлардың жетиспеўшилиги, буларды сапластырыў илажлары бойынша баянат жасалып, тийисли пикир-усыныслар билдирилди.
Конференция секцияларда өз жумысын даўам еттирди.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.