Россияның қайсы жоқары оқыў орынларынан оқыўды имтиханларсыз көшириў мүмкин?
Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-апрельдеги 360-санлы қарары тийкарында студентлердиң оқыўын көшириў тәртибине де өзгерислер киргизилди.
Атап айтқанда, халықаралық тән алынған шөлкемлердиң жоқары оқыў орынлары рейтингинде дәслепки 1000 лық дизимге кирген Россия Федерациясы жоқары оқыў орынларында оқып атырған студентлердиң арзаларына муўапық олардың оқыўы Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларына сынақларсыз, яғный тест, жазба жумыссыз төлемли контракт тийкарында көширилиўи белгиленди. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев хабар берди.
Оның жазыўынша, бул дизимге Россияның төмендеги 26 жоқары оқыў орны кирген:
1. Bauman Moscow State Technical University
2. Far Eastern Federal University
3. Higher School of Economics (HSE University)
4. ITMO University
5. Kazan (Volga region) Federal University
6. Lobachevsky State University of Nizhni Novgorod
7. Lomonosov Moscow State University
8. MEPhI (Moscow Engineering Physics Institute)
9. Moscow Institute of Physics and Technology (MIPT / Moscow Phystech)
10. Moscow State Institute of International Relations (MGIMO University)
11. Moscow State University
12. Novosibirsk State Technical University
13. Novosibirsk State University
14. Peter the Great Saint-Petersburg Polytechnic University
15. Plekhanov Russian University of Economics
16. RUDN University
17. Saint Petersburg State University
18. Samara National Research University (Samara University)
19. Samara State Aerospace University
20. Saratov State University
21. Southern Federal University
22. The National University of Science and Technology MISIS
23. Tomsk Polytechnic University
24. Tomsk State University
25. Ural Federal University – UrFU
26. Voronezh State University
Мағлыўматларға қарағанда, бул дизим ҳәр жылы қайта тастыйықланады (олардың қатары кемейиўи ямаса көбейиўи де мүмкин).
Ислам Матеков.