Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен дем алыс күнлеринде өзгерислер бола ма?
Май айында дем алыс күнлери бойынша ҳеш қандай өзгерислер жоқ, деп жазады Kun.uz сайты.
Ҳәптесине 5 күн жумыс ислейтуғынлар әдеттегидей шемби-екшемби күнлери, 6 күнликлер болса екшемби күни дем алады.
Тек ғана 9-май (пийшемби) күни пүткил елимиз бойлап жумыс исленбейтуғын байрам күни болады.
9-май қарсаңында 8- ямаса 10-май көширилмейди. Бул күнлер әдеттегидей жумыс күни болады.
Демек, май айында:
Ҳәптесине 5 күн жумыс ислейтуғынлар жәми 9 күн (4-5-, 9-, 11-12-, 18-19, 25-26-май күнлери);
Ҳәптесине 6 күн жумыс ислейтуғынлар жәми 5 күн (5-, 9-, 12-, 19-, 26-май күнлери) дем алады.
Ислам Матеков.