Күн сораўы: Жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлер қабыллаў басланды ма?
Айырым каналларда 1-майдан жоқары оқыў орынларына қабыллаў басланғаны, яғный алдынғы жылларда оқыўға кире алмаған абитуриентлер 1-майдан 20-июньға шекем ҳүжжетлерди тапсырыў мүмкинлиги ҳаққында жазбақта.
Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиевтиң жазыўынша, бул надурыс мағлыўмат. Ҳәзирше қабыллаў процесси басланбады.
Ҳүжжет қабыллаўдың басланыўы ушын төмендеги 2 ҳүжжет қабыл етилиўи керек:
1) Президент қарары менен 2019-2020-оқыў жылы ушын қабыллаў квоталары тастыйықланыўы керек. Яғный қайсы жоқары оқыў орнында қайсы бағдарлар ушын неши орын ажыратылғаны анық болмастан бурын, қабыллаў процесслери басланбайды;
2) Министрлер Кабинетиниң қарары менен қабыллаў процесслерине анықлық киргизиўши жаңа тәртип тастыйықланыўы керек.
Демек, еле бул ҳүжжетлер қабыл етилмегени ушын жоқары оқыў орынларына ҳүжжет қабыллаў басланғаны ҳаққындағы хабарлар тийкарсыз.
Ислам Матеков.