География оқытыў методикасы кафедрасында «Устаз-шәкирт» системасы тийкарында оқыў қолланбасы басып шығарылды
Институтымызда жолға қойылған «Устаз-шәкирт» системасы өзиниң унамлы тәреплерин көрсетиўде даўам етпекте. Усы системаның дурыс жолға қойылыўы нәтийжесинде институтымыздың География оқытыў методикасы кафедрасы профессор-оқытыўшылары илимий басшылық етип атырған зийрек студентлер илимий мақала ҳәм тезислерин халықаралық ҳәм республикалық конференция материалларында ҳәм илимий журналларда баспадан шығармақта.
Жақында ғана усы кафедраның үлкен оқытыўшысы А.Искендеров, 1-басқыш таяныш докторанты Қ.Узақбаев, сондай-ақ География оқытыў методикасы тәлим бағдары 3-курс студентлери А.Шарибаев ҳәм И.Джанабаевлардың қоспа авторлығында «Туризм ҳәм рекреациялық география» атамасындағы қарақалпақ тилиндеги дәслепки оқыў методикалық қолланба баспадан шығарылды.
Бул оқыў методикалық қолланбада Туризм ҳәм рекреациялық географияның раўажланыўы ҳәм үйренилиў тарийхы, раўажланыў нызамлықлары, сондай-ақ республикамызда туризмди раўажландырыўдың баслы бағдарлары, әмелге асырылыў керек болған ўазыйпалар ҳаққында сөз етиледи.
Бул География оқытыў методикасы тәлим бағдары студентлериниң қатнасындағы дәслепки методикалық қолланбалардан есапланады. Тәлим бағдары зийрек студентлери атынан биз географ зийрек студентлер илимий жумысларымызды жақсы даўам еттирип, елимиздиң илимий ҳәм экономикалық потенциалы раўажланыўына өз үлеслеримизди қоса беремиз, – деп исендирип қаламан.
А.Шарибаев,
География оқытыў методикасы тәлим бағдары 3-курс студенти.