Эстония, Латвия, Литва ҳәм Болгарияны фашизм басқыншыларынан азат етиўге қатнасқан ветеран ҳалынан хабар алынды

Ысқырған оқ даўысы қулақ пердесин тескен,

Ал самалдың орнына қорғасыннан оқ ескен,

Жанын берип жаббарға, сол саўашта қан кешкен,

Қаҳарманды көргенде, ғарры болғым келеди.

 

Бизиң бүгинги тыныш, парахат заманымыздың тийкарын қалаў жолында қаншадан-қанша аталарымыз жанларын жаббарға берди, тек айырымлары ғана сол саўаш майданларында қан кешип, от ишинде пахтаның аман қалғанындай аман-есен елге қуўысты.

Ҳәзирги күнде олардың да саны күннен-күнге кемейип бармақта. Сонлықтан да, Ҳүрметли Журтбасшымыз тәрепинен бурын байрам сыпатында белгиленип келинген 9-май сәнесин «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» сыпатында белгилеў ендирилди. Елимиз бойлап урыс қатнасыўшыларын еслеў, ҳәзир арамызда барларының ҳалларынан хабар алыў жумыслары әллеқашан баслап жиберилди.

Бул жумыслар Әжинияз атындағы Нөкис мәмлектлик педагогикалық институты жәмәәти тәрепинен де әмелге асырылмақта.

30-апрель күни «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» алдынан Әжинияз атындағы НМПИ проректоры М.Жумамуратовтың басшылығында Шет тиллери факультетиниң деканы И.Дильманов, декан орынбасары Х.Есемуратов ҳәм «Нөкис пединституты» газетасының хызметкери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы А.Қаиповлар Қанлыкөл районының турғыны, Екинши жер жүзилик урысқа қатнасып, Эстония, Латвия, Литва ҳәм Болгарияны фашизм азат етиўге қатнасқан ветеран Оразбай Наметуллаевтың жағдайынан хабар алыў мақсетинде оның шаңарағында болды ҳәм өзлериниң естелик саўғаларын тапсырды. Жаўынгер атамыз 96 жасты қарсылаўына қарамастан, урыста басып өткен жолы, саўаш алып барған орынларының, сондай-ақ, әскерий командирлериниң атларын, әскерий дәрежелерин,ҳәр бир саўашының жылы, айы, сәнесине шекем, ҳәттеки, урыс ўақтында пайдаланған қурал-жарақларының салмағы, колибри, нышана аралығы, жарылғыш қураллардың зыянлаў диаметрине шекем дәл айтып бериўлери барғанларды таң қалдырды.

Урыста жәбир көрмеген адамның өзи жоқ. Дана халқымыздың «Ҳештен кеш» дегениндей, ўақтында қыйыншылық көргенимиз бенен, бабаларымыз әсирлер бойы әрман еткен бүгинги бахытлы заманға жетип келгениме мың қатле шүкирлик етемен. Қанша қуралласларым усы күн ушын жаннан кешти. Мен Биринши Президентимиз И.Кәримов ҳәм ҳәзирги Президентимиз Ш.Мирзиёев пенен ушырасып, сәўбетте болғаным ушын, өзимди дүньядағы ең бахытлы инсанлардың биримен деп есаплайман, – дейди ветеран атамыз О.Наметуллаев.

Биз де ветеран атамызға еле де алдымызда аман болыўын тилеп қаламыз.

 

Амир ҚАЛБАЕВ,

Шет тиллери факультетиниң студенти.