ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Физика-мийнет факультетинде мини футбол бойынша жарыс өткерилди

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде усы жылдың 23-апрель күни өткерилген мәжилиси протоколында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша усы жылдың май айы елимиз бойлап «Спорт айлығы» деп жәрияланған еди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы айлық шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм өткерилетуғын спорт жарысларының жобасы ислеп шығылып, бул тийкарда әмелий жумыслар басланып кетти.

Институтымыздың физика-мийнет факультетинде оқып атырған ер балалар арасында спорттың мини футбол түринен факультет бириншилиги өткерилди.

Оған факультеттиң барлық тәлим бағдарлары студентлери белсене қатнасты.