Мəлимлеме-ресурс орайының электрон оқыў залында семинар-тренинг болып өтти

Мəлимлеме-ресурс орайының электрон оқыў залында сырт ел китапхана ҳəм мəлимлеме-ресурс орайлары менен ислесиў бөлиминиң жаңалықлары, бөлимде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында семинар-тренинг болып өтти.

Семинар-тренингти мəлимлеме-ресурс орайының баслығы Я.Генжемуратов ашып берди, буннан кейин сырт ел китапхана ҳəм мəлимлеме-ресурс орайлары менен ислесиў бөлиминиң баслығы Р.Аманбаева шығып сөйлеп, бул бөлимниң мəлимлеме-ресурс орайында жаңадан ашылғанлығын, бөлимде тийкарынан алып барылатуғын жумыслар ҳаққында айтып өтти.

Жəне де бөлимниң тийкарғы ўазыйпасы – сырт ел китапхана  ҳəм мəлимлеме-ресурс орайлары менен бирге ислесип, китап оқыўшыларына шет ел əдебиятлары, сырт еллердиң илим жаңалықлары, олардың ресурсларынан пайдаланыў абзаллықларын, қалай пайдаланыў ҳаққында мағлыўматлар берип барыў болып табылады.

Институтымыз Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳəм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳəмде Нидерландияның Elsevier компаниясы менен дүзилген «Илм-фан 2020» бағдарламасы тийкарында ScienceDirect, Scopus ҳəм Mendeley халықаралық илимий мағлыўматлар базаларына жалғанған. Бул базалардан пайдаланыўды жолға қойыў мақсетинде МРО ның сырт ел китапхана ҳəм мəлимлеме-ресурс орайлары менен ислесиў бөлиминде «Мəслаҳат орайы» шөлкемлестирилгенлигин айтып өтип, ScienceDirect, Scopus ва Mendeley халықаралық мағлыўматлар базаларының əҳмийети ҳəм олардан пайдаланыў бойынша түсиниклер берди. Буннан кейин бөлимниң хызметкерлери  Д.Ерлепесова, З.Ауезовалар шығып сөйлеп, бөлимдеги шет тилинде шығарылған əдебиятлар ҳаққында, сол əдебиятлардың электрон нусқаларының базасы, каталоги ислеп шығарылғанлығын жəне де олардан китап оқыўшыларының пайдаланыўлары ушын кең имканиятлар жаратылғанлығын айтып өтти.

Мəлимлеме-ресурс орайының хызметкерлери З.Қайнарова, Г.Жийемуратовалар шығып сөйлеп бөлимде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында пикирлерин билдирди, семинар-тренингтиң талабалар ушын бүгинги күнде актуал мәселе ҳəмде жаратылған имканиятлардан ўақтында үнемли пайдаланыў кереклигин айтып өтти.