Газета-журналлар ҳәм жаңадан келген әдебиятларды таныстырыў бойынша шолыў өткерилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Мәлимлеме-ресурс орайы оқыў залында  2018-жыл 6-декабрь  күнги  газета-журналлар ҳәм жаңадан келген әдебиятларды таныстырыў бойынша  шолыў өткерилди.

МРО илимий методикалық ҳәм мәлимлеме мағлыўмат бөлими китапханашысы Лиза Мәтмуратова шығып сөйлеп, ол өз сөзинде жасларды ҳәр тәреплеме кәмил инсан сыпатында тәрбиялаўда, көркем әдебият арқалы оларды жақсылыққа, әдеп-икрамлылыққа, ҳадаллыққа, сезимталлыққа, туўры сөзлиликке, Ўатан сүйиўшиликке үйретиўде жүдә әҳмийетли фактор екенлигин, ҳәзирги күнде дөретиўши инсанларды қоллап-қуўатлап, үлкен итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Буннан соң жаңадан келген көркем әдебиятлар менен таныстырып ҳәм бир китаптың мазмуны ҳаққында қысқаша айтты. Сондай-ақ  МРО илимий методикалық ҳәм мәлимлеме мағлыўмат бөлими жетекши қәнигеси Гулчехра Даниярова Мәлимлеме-ресурс орайына келген газета-журналлар менен таныстырып, ҳәр бир газета-журналлар ҳаққында қыскаша мағлыўматлар берди.  Сабактан бос ўақытлары келип, өзлерине керекли оқыў әдебиятларынан, әдебий китаплардан ҳәм газета-журналлардан пайдаланыўға мүмкиншиликлер жаратылғанлығы хаққында айтты.

Буннан соң китапхана хызметкери Шийрин Кутыбаева шығып сөйлеп, ол өз сөзинде китаплар ҳаққында, китап оқыўдың әҳмийети ҳаққында айтып өтти ҳәм  жасларды китапқумарлыққа шақырып,  жаңадан келген оқыў қолланба ҳәм оқыўлықлар менен таныстырды.

Ушырасыў соңында жыйналғанлар өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.