«Спорт айлығы»: Шет тиллери факультетинде шахмат бириншилиги болып өтти
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде усы жылдың 23-апрель күни өткерилген мәжилиси протоколында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша усы жылдың май айы елимиз бойлап «Спорт айлығы» деп жәрияланған еди.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы айлық шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм өткерилетуғын спорт жарысларының жобасы ислеп шығылып, бул тийкарда әмелий жумыслар даўам етпекте.
Институтымыздың шет тиллери факультетинде оқып атырған студент-жаслар арасында спорттың волейбол түринен факультет бириншилиги өткерилди.
Оған факультеттиң барлық тәлим бағдарлары студентлери белсене қатнасты.