Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети баслаўыш тәлим кафедрасы оқытыўшысы шаңарақ ағзалары менен спорт жарысына қатнасты
Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети баслаўыш тәлим кафедрасы оқытыўшысы Байназаров Тимур Абылаевичтиң шаңарағы усы жылдың 26-апрель күни «Спорт – беккем шаңарақ таянышы» сүрени астында өткерилген шаңарақлық спорт жарысында институт көлеминде 1-орынды ийелеген еди.
Усы жылдың 4-май күни жарыстың Нөкис қалалық басқышы өткерилип, оған институтымыз атынан Байназаров Тимур Абылаевич шаңарағы мүнәсип түрде қатнасты.