ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Әмиўдәрьяда Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен өткерилген кросс жарысында барлық сыйлы орынлар институтымыз студентлерине несип етти

Усы жылдың 7-май күни Әмиўдәрья районында 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен кросс жуўырыў бойынша жарыс өткерилди.

Районлық дене тәрбиясы ҳәм спорт бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген жарыста институтымыздың дене мәденияты факультети студентлери табыслы қатнасты. Жарыс жуўмағына муўапық, институтымыздың 1-курс студентлери Умида Базарбаева1-орынды, Зухра Шамуратова 2-орынды, Фатима Шамуратова 3-орынды ийеледи.