ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде студент-жасларды спортқа бағдарлаў илажлары даўам етпекте

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде студент-жасларды спортқа қызықтырыў, ҳәр түрли спорт ойынлары бойынша түсиниклер бериў, азанғы дене шынығыўлар ислеўди турақлы түрде жолға қойыў, спорт пенен шуғылланыўдың әҳмийети ҳаққында түсиндириў жумыслары өткерилип, спорт айлығына белсене қатнаспақта.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде усы жылдың 23-апрель күни өткерилген мәжилиси протоколында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша усы жылдың май айы елимиз бойлап «Спорт айлығы» деп жәрияланған еди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы айлық шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм өткерилетуғын спорт жарысларының жобасы ислеп шығылып, бул тийкарда әмелий жумыслар даўам етпекте.

Оған факультеттиң барлық тәлим бағдарлары студентлери белсене қатнаспақта.