Абитуриентлер дыққатына! 2019-жылдан баслап қандай өзгерислер болыўы күтилмекте?

– Абитуриентлер бир ўақытта пәнлер блогы бирдей болған 3 жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Тест сынақлары бир мәрте өткериледи.

– Кириў ҳүжжетлерин жақын жердеги мәмлекетлик хызметлер орайларына тапсырыў мүмкин. Мәселен, Ташкент қаласына оқыўға тапсырмақшы болғанлар Ташкентке барып жүриўи шәрт емес.

– Имтиханлар июль-август айларында өткериледи (алдын 1-15-август күнлери аралығында өткерилетуғын еди).

– Быйыл жоқары оқыў орынларына рекорд дәрежедеги ҳүжжет тапсырылады – 1,2 миллионнан аслам.

– Ең жоқары баллдың 30 проценти ямаса оннан көбирек балл топлаған абитуриентке сертификат бериледи – оның нәтийжелери 3 жыл даўамында әмел етеди. Мәселен, абитуриент 100 балл топлап, жоқары оқыў орнына кире алмаса, бирақ келеси жылы жол жоқары оқыў орнына «кириў баллы» 90 балл болып қалса, абитуриент өткен жылдағы сертификаты менен оқыўға қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков.