Президент мектеби директоры лаўазымына таңлаў жәрияланды. Талабанларға қойылатуғын талаплар қандай?

Ташкент, Наманган, Нөкис ҳәм Хийўа қалаларындағы президент мектеплери директоры лаўазымына таңлаў жәрияланды.

Талабан басламашы, басқарыў процесинде инновациялық жумысларды шөлкемлестире алатуғын, жоқары шөлкемлестириўшилик қәбилетине ийе, еркин пикирлейтуғын, алдынғы халықаралық тәжирийбелерди өз жумысларына енгизе алатуғын, инглис тилин билетуғын болыўы керек.

 

Президент мектеплери директоры лаўазымларына талабанлар ушын қойылатуғын талаплар:

– жоқары мағлыўматқа ийе болыўы;

– басшылық лаўазымында кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болыўы;

– халық билимлендириў системасына тийисли миллий нызамшылықты жақсы билиўи;

– сөйлесиўлер алып барыў дәрежеси;

– жетекшилик, адамлар арасындағы қатнасықларды орнатыў қәбилети, шөлкемлестириўшилик ҳәм жуўапкершилик;

– жеке тәртипте ҳәм жәмәәтте ислеў, келиспеўшиликлерди шеше алыў;

– басламашылық, дөретиўшилик, стресске шыдамлылық, дурыс шешим қабыл ете алыў қәбилети;

– исбилерменлик көнликпелерине ийе болыўы;

– MS Office, Internet компьютер бағдарламаларын;

– өзбек, рус ҳәм инглис тиллерин (CEFR B2 дәрежесинде) билиўи керек.

 

Сондай-ақ, президент мектеплери директорының оқыў ислери бойынша орынбасары лаўазымына да таңлаў жәрияланды.

 

Талабанлар ушын қойылатуғын талаплар:

– жоқары педагогикалық мағлыўматқа ийе болыўы;

– 5 жылдан кем болмаған педагогикалық мийнет стажы болыўы;

– тийисли лаўазымда ямаса соған тең келетуғын лаўазымда кеминде 3 жыллық мийнет тәжирийбесине ийе екенлиги;

– халық билимлендириў системасына тийисли миллий нызамшылықты жақсы билиўи;

– сөйлесиўлер алып барыў дәрежеси;

– жетекшилик, адамлар арасындағы қатнасықларды орнатыў қәбилети, шөлкемлестириўшилик ҳәм жуўапкершилик;

– жеке тәртипте ҳәм жәмәәтте ислеў, келиспеўшиликлерди шеше алыў;

– басламашылық, дөретиўшилик, стресске шыдамлылық, дурыс шешим қабыл ете алыў қәбилети;

– исбилерменлик көнликпелерине ийе болыўы;

– MS Office, Internet компьютер бағдарламаларын;

– өзбек, рус ҳәм инглис тиллерин (CEFR B2 дәрежесинде) билиўи керек;

– «STEAM-билимлендириў» ҳаққында түсиникке ийе болыўы керек.

 

Талабанлар өз резюмелерин hr_pm@itsm.uz электрон мәнзилине жибериўи мүмкин.

 

Ислам Матеков.