ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

#Спорт_айлығы: Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде волейбол жарысы өткерилди

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде оқып атырған 1-курс студент қызлары арасында спорттың волейбол түринен факультет бириншилиги өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде усы жылдың 23-апрель күни өткерилген мәжилиси протоколында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша усы жылдың май айы елимиз бойлап «Спорт айлығы» деп жәрияланған еди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы айлық шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм өткерилетуғын спорт жарысларының жобасы ислеп шығылып, бул тийкарда әмелий жумыслар даўам етпекте.

Оған факультеттиң барлық тәлим бағдарлары студентлери белсене қатнаспақта.