«Нөкис пединституты» газетасы журналисти Әбдиқәдир Қайыпов самбо бойынша ветеранлар арасында өткерилген чемпионат жеңимпазы болды
Усы жылдың 10-12-май күнлери аралығында Ферғана ўәлаятында ветеран спортшылар арасында спорттың самбо гүреси бойынша Өзбекстан чемпионаты өткерилди.
Оған институтымыздың «Нөкис пединституты» газетасы журналисти, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамлары ағзасы, жазыўшы ҳәм шайыр Әбдиқәдир Қайыпов та қатнасып, өз салмақ категориясы бойынша 1-орынды ийеледи.
13-май күни жеңимпаз болып қайтқан спортшы ағамызды Нөкис темир жол вокзалында институт жәмәәти ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери салтанатлы түрде күтип алды.
НМПИ баспасөз хызмети.