Институтымызда қазақ тили ҳәм әдебияты бойынша республикалық пән олимпиадасының II басқышы болып өтпекте
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қазақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша пән олимпиадасының II басқышы болып өтпекте.
Бүгин, 13-май күни олимпиаданың салтанатлы ашылыўы болып өтти.
Илажда институт проректоры П.Калханов сөзге шығып, студентлердиң билимлерин баҳалаў ҳәм оларды мүнәсип хошаметлеўде пән олимпиадаларының әҳмийети ҳаққында айта келип, барлық қатнасыўшыларға табыслар тиледи.
Пән олимпиадасының II басқышына Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты, Гүлистан мәмлекетлик университети, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қазақ тили ҳәм әдебияты бағдарларының студентлери қатнаспақта.
Олимпиада күн тәртибине муўапық, дәслепки күни қазақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша жазба жумыс, көркемлеп оқыў, екинши күни болса презентация, тест жумысы сыяқлы имтиханлар өткерилиўи келисип алынды.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.