ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде «Алпамыс ҳәм Баршынай» спорт нормативлери ҳәм стол тенниси бойынша жарыс өткерилди

Халық арасында саламат турмыс тәризин кең түрде үгит-нәсиятлаўды системалы түрде жолға қойыў, жәмийетте саламат турмыс тәризи принциплерин еледе күшейтиў, өсип киятырған жас әўладты зыянлы әдетлерден сақлаў ҳәм ҳәр бир мәҳәлле, билимлендириў мәкемелери, мийнет жәмәәтлери ҳәм басқаларда физикалық тәрбия ҳәм спорт жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 29-январьдағы «Өзбекстанда саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм халықты физикалық тәрбия және ғалабалық спортқа тартыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарар тийкарында халықтың жасына қарай, улыўмалық физикалық таярлығын белгилейтуғын спорт нормаларын өз ишине алған «Алпамыс» ҳәм «Баршынай» тестлериниң халықтың кең қатламлары арасында жарыс формасында турақлы түрде өткерилиўин шөлкемлестириў белгилеп берилди.

Усы тийкарда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студентлери арасында спорт нормативлери өткерилди.

Сондай-ақ, институтымызда даўам етип атырған спорт айлығы шеңберинде спорттың стол тенниси түринен факультет бириншилиги де өткерилди.