Институтымызда қазақ тили ҳәм әдебияты бойынша республикалық пән олимпиадасы жуўмақланды. Ким жеңимпаз болды?
Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 13-14-май күнлери Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қазақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша пән олимпиадасының II басқышы болып өтти.
Оған Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты, Гүлистан мәмлекетлик университети, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қазақ тили ҳәм әдебияты бағдарларының студентлери қатнасты.
Олимпиада күн тәртибине муўапық, барлық қатнасыўшылар дәслепки күни қазақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша жазба жумыс, көркемлеп оқыў, екинши күни болса презентация, тест жумысы сыяқлы имтиханларда өз билим ҳәм көнликпелерин сынап көрди.
Пән олимпиадасы жуўмағына муўапық, 4 басқыш жуўмағы бойынша улыўма 315,6 балл топлаған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 2-курс студенти Наргиза Аяпова 1-орынды ийеледи.
Улыўма 292,6 балл топлаған Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети 2-курс студенти Абдуваҳид Мажитов 2-орынды, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты 3-курс студенти Шалқар Жақсылықов 287,8 балл менен 3-орынды ийеледи.
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.