Ветеран спортшыларымыз Өзбекстан чемпионатынан 4 алтын, 1 гүмис медальды жеңип алды
Самбо бойынша ветеран спорт усталары арасында май айының 10-12-сәнелеринде Ферғанада болып өткен Өзбекстан чемпионатында Республикамыздан 1 спортшы (Расул Балтабаев) гүмис, 4 спортшы (Қудайберген Наўрызбаев, Сансызбай Юсупов, Абдиқадир Қаипов ҳәм Азамат Юсупов) алтын медаль ийесине айланды. Жеңимпазлар усы жылдың октябрь айында Кипрде болып өтетуғын Жәҳән чемпионаты жолламасын қолға киргизди. Жәҳән чемпионаты жолламасын қолға киргизгенлердиң бири Әжинияз атындағы НМПИдиң органы «Нөкис пединституты» газетасының жуўаплы хаткери А.Қаиповтың болыўы институт жәмәәти ушын үлкен қуўанарлы жағдай. Жарыс жеңимпазлары 13-май күни Нөкис темиржол вокзалында институт хызметкерлери ҳәм республикамыздың дөретиўши жаслары тәрепинен күтип алынды.
Биз А.Қаиповты қолға киргизген табысы менен қутлықлап, оны сөзге тартқанымызда, ол:
-Мениң чемпионатқа қатнасыўыма бул жарыстың, әйне, Ферғанада өткериўи түртки болды. Уллы математик, географ, дүнья илиминде Алфраганус исми менен астрономия илимине тийкар салған Ахмад Аль Ферғанийдиң киндик қаны тамған диярды көриў, оның естелигин зыяратлаў мениң көп ўақытлардан берли әрманым еди,-деди.
Спортшыларымызға Кипрде өткерилетуғын Жәҳән чемпионатында да әмет күлип бағыўын тилеп қаламыз.
Ислам МАТЕКОВ,
НМПИ баспасөз хаткери.