ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

#Спорт_айлығы: Шет тиллери факультетинде миллий спорт ойыны – қашарман топ бойынша жарыс өткерилди

Усы жылдың 14-май күни институтымыздың шет тиллери факультети студент-жаслары арасында қарақалпақ халқының миллий спорт ойыны – қашарман топ бойынша жарыс өткерилди.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде усы жылдың 23-апрель күни өткерилген мәжилис протоколында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша усы жылдың май айы елимиз бойлап «Спорт айлығы» деп жәрияланған еди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы айлық шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм өткерилетуғын спорт жарысларының жобасы ислеп шығылып, бул тийкарда әмелий жумыслар даўам етпекте.

Оған факультетлердеги барлық тәлим бағдарлары студентлери белсене қатнаспақта.