Институтымызда ҳаял-қызлар факультет басланғыш шөлкемлериниң есап бериў илажлары болып өтпекте
Усы жылдың 8-май күни физика-мийнет факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеминиң баслығы Тамара Шамуратованың есап бериўи ҳәм сайлаў мәжилиси болып өтти.
Мәжилиске факультеттиң барлық профессор-оқытыўшылары, студентлери, институт ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Б.Арзиева қатнасты.
Мәжилисти факультет деканы Б.Ибрагимов алып барды.
Илажда Т.Шамуратованың есабы тыңланды. Сондай-ақ, қатнасыўшылар да сөзге шығып, жетискенликлер менен бирге кемшиликлерди сапластырыў бойынша усынысларын билдирди.
Илаж шеңберинде факультет шебер қызлары дөгерегиниң басшысы А.Бердимуратованың басшылығындағы қол мийнетлери көргизбеси болып өтти.
16-май күни педагогика факультети ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы З.Клычеваның жыллық есап бериў мәжилиси болып өтти. Мәжилиске факультеттиң барлық профессор-оқытыўшылары, студентлери, институт ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Б.Арзиева, институттың педагог-тәрбияшысы Р.Қудиярова, институт психологы Г.Бердимуратова, студентлер турақ жайы коменданты У.Раметовалар қатнасты.
Мәжилисти факультет деканы Ш.Сапаров басқарып барды.
Илаж соңында қатнасыўшылар факультетлердеги дөгереклерде қызлардың бос ўақытларын өткериўи менен танысты.
17-май күни математика-информатика факультети ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы Л.Саханованың есап бериў мәжилиси болып өтти.
Мәжилиске факультеттиң барлық профессор-оқытыўшылары, студентлери, институт ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Б.Арзиева қатнасты.