Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Россия Федерациясы Кубан мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшылары студентлерге сабақ өтпекте
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Россия Федерациясының Кубан мәмлекетлик университетинен 5 профессор-оқытыўшы студентлерге сабақ өтпекте.
Атап айтқанда:
– Кубан мәмлекетлик университети әмелий лингвистика кафедрасының баслығы, филология илимлериниң кандидаты Марина Бодоньи институттың инглис тили ҳәм әдебияты бағдарының 1-2-курс студентлерине «Практика английского языка» темасында;
– Педагогика ҳәм баслаўыш билимлендириў кафедрасы доценти, педагогика илимлеринин кандидаты Юлия Гакаме институттың баслаўыш билимлендириў ҳәм спорт тәрбиялық жумысы бағдарының 3-курс студентлерине Целеполагание: понятие и психолого-педагогические техники формирования «Мечта или…» темасында;
– Улыўма ҳәм славян-рус лингвистикасы кафедрасы профессоры, филология илимлериниң докторы Тангир Кизларгуль институттың рус тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 1-курс магистрантларына «Любой курс по запросу, включая Методику преподавания специальных дисциплин (Магистратура)» темасында;
– Педагогика илимлериниң докторы, социаллық хызмет, психология ҳәм жоқары билимлендириў педагогикасы кафедрасының профессоры Андрей Остапенко институттың педагогика ҳәм психология бағдарының 1-курс студентлерине «Педагогика нормального взросления подростков» темасында;
– Педагогика илимлериниң кандидаты, социаллық хызмет, психология ҳәм жоқары билимлендириў педагогикасы кафедрасының доценти Елена Шлюбуль институттың математиканы оқытыў методикасы бағдарының 1-курс студентлерине «Безопасность жизнедеятельности: теория и практика» темасында сабақлар өтпекте.
Мағлыўмат ушын, усы жылдың март айында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры басшылығындағы делегация Россия Федерациясы Кубан мәмлекетлик университети ректоры М.Астаповтың қабыллаўында болып, еки жоқары оқыў орны арасында профессор-оқытыўшылар, студентлер ҳәм докторантларды алмасыў, биргеликте илимий-педагогикалық изертлеў жумысларын алып барыў, магистратура қәнигеликлеринде биргеликте кадрлар таярлаў мәселелери бойынша бирге ислесиў шәртнамасын дүзген еди.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.