Шет тиллери факультетинде «Заковат» интеллектуал турнири жуўмақланды

Институттың шет тиллери факультетинде «Заковат» интеллектуал турнири өз жуўмағына жетти.

Турнир жуўмақларына муўапық, ең көп балл топлаған факультеттиң 3-«и» топары студентлери жеңимпазлықты қолға киргизди.

Жеңимпазларға диплом ҳәм естелик саўғалары, чемпионлық кубогы тапсырылды.