Өзбекстан чемпионы болған институтымыз сайланды команда ағзалары ректор қабыллаўында болды
Алдын хабар бергенимиздей, Ташкент қаласында спорттың волейбол түринен ҳаял-қызлар арасында жоқарғы лига командаларының XXVI Өзбекстан чемпионаты жарысларының жуўмақлаўшы туры болып өтти.
Чемпионат жуўмақларына муўапық, институт қызлар командасы чемпионлықты қолға киргизди. Және бир қуўанышлы тәрепи, команда ағзаларының барлығы «Өзбекстан спорт устасы» дәрежелерин алыўға еристи.
Институт ректоры Б.Отемуратов чемпионлықты қолға киргизген сайланды команда ағзалары ҳәм оларды жарысқа таярлаған устазы Азат Казаковты қабыллады ҳәм оларға саўғалар тапсырды.