ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Хош хабар! Халықаралық велсипед күни мүнәсибети менен өткерилген веломарафонда институттың дене мәденияты факультети студентлери 3 медальды қолға киргизди

Бүгин, 2-июнь – Халықаралық велосипед күни мүнәсибети менен Нөкис қаласында веломарафон өткерилди.

Веломарафонда институтымыздың дене мәденияты факультети студентлери де белсене қатнасты.

Жарыс жуўмағына муўапық, қызлар арасында дене мәденияты факультети 1-курс студенти Дилдора Қурбанова 2-орын, Асия Алиева 3-орын, ер балалар арасында усы факультеттиң 3-курс студенти Ислам Исмайылов 2-орынды ийеледи.

Студентлерди табыслары менен қутлықлаймыз!