ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымыз командасы «Мега спорт» жарысының Қарақалпақстан басқышында 2-орынды ийеледи

Усы жылдың 31-июнь күни пайтахтымыздағы Арқа-батыс әскерий окгругының 21131-санлы әскерий бөлиминде «Биз чемпион!» ураны астында «Мега спорт» жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Барлық жоқары оқыў орынларының студент-жасларынан дүзилген командалар арасында ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған жарыстың аймақлық басқышына 6 жоқары оқыў орнынан командалар қатнасты. Жарыста институтымыздың сайланды командасы 2-орынды ийеледи.