Мини футболдан өткерилген институт кубоги жарысында мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети жеңимпаз болды
Усы жылдың 11-12-июнь күнлери институтта оқып атырған студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде спорттың мини футбол түринен институт кубоги жарысы шөлкемлестирилди.
Оған институттың барлық факультетлеринен сайланды командалар қатнасты.
Қызғын руўхта өткен жарыста кубок мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети сайланды командасына несип етти.