Президент тәрепинен алға сүрилген бес әҳмийетли басламаның «Жаслар мәнаўиятын раўажландырыў, олар арасында китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаў» бойынша илаж өткерилди

2019-жылы 14-июнь күни институттың мәлимлеме ресурс орайында  «Жаслар мәнаўиятын раўажландырыў, олар арасында китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаў»ға бағышланған илаж өткерилди. Китапқумарлық шеңберинде өткерилип атырған бул илажға Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қасындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы жуўапкер хызметкерлери Санжар Ахмедов ҳәм Данияр Оразбаевлар қатнасып бул жерде талаба жаслардың китап оқыўы ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

 

П.Дабылов,

Филология факультети декан орынбасары.