Географияны оқытыў методикасы бағдары студентлери Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районларында үш ҳәптелик оқыў-дала әмелиятында болды

Институтымыздың тарийх-география факультети географияны оқытыў методикасы бағдарының студентлери үш ҳәптелик оқыў-дала әмелиятында болды.

Әмелиятшылар дәслеп Мойнақ районында болып, ол жердиң географиялық жақтан жайласқан орнын ҳәм райондағы климаттың өзгериў жағдайларын үйренди.

Сондай-ақ, әмелият даўамында Тахтакөпир районындағы Қаратерең ҳәм Белтаў төбелигинде де әмелият алып барып, ол жерлерде де илимий изертлеў жумысларын алып барды.

Әмелият даўамында студентлер өз билим ҳәм көнликпелерин беккемлеп, республикамыздың тәбийғый-географиялық жақтан жайласыўы ҳәм геоэкологиялық машқалаларын үйренди.

 

Әнжим Рейимбаева,

Қәллибек Генжебаев,

Тарийх-география факультети студентлери.